
Biography:
Бибимәрьям (Жансая) Утамбетова 1982-жылы 7-январьда Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында туўылған. Шаңарақлы, 4 перзенттиң анасы.
Мағлыўматы: Орта арнаўлы.
Қәнигелиги: Өнермент, ҳаял-қызлар шаштәрези.
Қызығыўшылығы (хоббий): Әдебияттың поэзия жанрында қосық жазыў ҳәм жанлы даўыста қосық айтыў.
Бир неше жәмийетлик дөретиўшилик қорлардың ағзасы. Солардың ишинде:
Түрки әлеми жазыўшылар аўқамының ағзасы;
Қырғызстан Республикасы«АЛАКА» Халық аралық жәмийетлик фондының ағзасы;
Өзбекстан Дурмон дөретиўшилик клубының ағзасы;
Халық аралық илим ҳәм пән жәмийетлик академиясының ағзасы;
Пүткил жәҳән халық дөретиўшилиги аўқамы ағзасы.
Қосықлары Өзбекстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Бангладеш ҳәм басқада мәмлекетлердеги жәмийетлик баспалардан шыққан антологияларда, журналларда жәрияланған.
Ел сүйген ақын Муқағалий Мақатаевқа арналады.
ЖАНҒАН ЖУЛДЫЗ
Табалмайсаң шыра жағып излеп күндиз,
Аталарын еслеп жазар қырда бир қыз.
Қандай терең мәнидеги дөретпең бар,
Муқағалий Мақатаев жанған жулдыз…
Заманында сени сапқа тартпасада,
Сөз зергери болып сәўле шашып турсыз.
Ҳәр жазғанын оқығанда атамыздың,
Қара түнек жалынлаған жанған жулдыз…
Дөретпеси жазыў жолы басқа-басқа,
Түсиникли болсадағы мазмун қысқа.
Шын берилип оқығанда қосықларын,
Еки көзим толып кетер муңлы жасқа…
Сезгендеймен қанша мийнет еткениңди,
Сонша мийрас бул дүньядан өткениңди.
Сыйлы орын инәм еткен өз халқыңа,
Сарпай қылып жаўып кеттиң шекпениңди…
Қаңыраған гүлге толды қалған бир дүз,
Алматада ескерткишиң күнде турсыз.
Уллы ақын Муқағалий Мақатаев,
Жүреклерде мәңги қалған жанған жулдыз…
Мақтанышлы Қазақ деген ели менен,
Сыйға ылайық уллылардың жолы менен.
Исенбесең қосықларын бир оқып көр,
Суўға айланар Антрактида да еримеген…
ӘРМАН ҚАНАТЛАРЫН КҮСЕЙДИ КЕЎЛИМ
Қыялым туўлайды теңиздей толқып,
Шағала сыяқлы пәл – пәллеп қалқып.
Көк гүмбез астында жүргендей шалқып,
Әрман қанатларын күсейди кеўлим…
Жаным арымағай жақсы тилектен,
Алтын сөзлер қайнап шыққан жүректен.
Тап таза сап еленгендей електен,
Әрман қанатларын күсейди кеўлим…
Ушсам түслеримде әлемди билсем,
Қос қумыры яңлы ойнасам күлсем.
Деймен таза ҳаўа аспанда жүрсем,
Әрман қанатларын күсейди кеўлим…
Сондай бостанлықты мен әрман еттим,
Талай искенжели сынақтан өттим.
Былғаншық турмыстан дым шаршап кеттим,
Әрман қанатларын күсейди кеўлим…
Налымайман бул дүньяның барына,
Ҳайранман мен кең дүньяның тарына.
Өсек, жалған жатыр бәри қарыла,
Әрман қанатларын күсейди кеўлим…
Тыныш кимсесиз бир атаўға жетсем,
Дүньяда төрт умман айланып өтсем.
Деген қыял екен оянып кетсем,
Әрман қанатларын күсейди кеўлим…
КҮН ӨТКЕН САЙЫН
Аппақ жүўерини шаштым тақырға,
Оны жемек ушын таўықлар тайын.
Бири таза жеди, бири былғап ылайын,
Семирмек жолында күн өткен сайын…
Бири ыразыдай ишти таза суў,
Қарап көргеннен ақ билдим жағдайын.
Бири жаман көзде дерлер дәниң уў,
Өзгерип баратыр жыл өткен сайын…
Таўықлар баратыр өтип қасынан,
Түсинди ҳәммеде кеўил тасынан.
Ҳәмме таўық жаман көзде қарады,
Жегенбе биреўдиң гүнжарасынан…
Өзин қораз санап таза пейилли,
„Бәрибир жалаға Жалманмбет қайым“.
Минези өзине зордай зейинли,
Өзгерип барады күн өткен сайын…
Қалған таўықлардың бәри тойсада,
Қай жерде айтарын билмеди жайын.
Сорпалыққа күнде бирин сойсада,
Ендиги гезекте тап усы қайым…
Талай шөжелердиң тесип „шүйдесин“,
Бул қораз бираздың алыпты
„айын“.
Ийеси есаплап өкпе-гийнесин,
Тисин ғышырлатты „пышағым тайын“…
Көрдим сондай адамның да талайын,
Түрли ғәреметлер күн өткен сайын…
ИНСАН ҲӘМ ЎАҚЫТ
Ўақыт зымырайды тутқыш берместен,
Балалық қалгандай көзге илместен…
Балалық қалғандай көзге илместен,
Қыңырлық, шатақлық салған күнлерим.
Күн батсада тоймай үйге кирместен,
Ҳәзирги балларда қандай билмедим…
Ҳәзирги балларда қандай билмедим,
Шаң тийдирмес. батпақлардан кештирмес,
Топыраққа аўнағанын көрмедим,
Таза кийимлери ҳасла ескирмес…
Таза кийимлери ҳасла ескирмес,
Алдындағы апасыникин киймейди.
Үй-үй соғып отырмайды торпақта,
Патаслықты жаны ҳеште сүймейди…
Патаслықты ҳеште жаны сүймейди,
Қайта-қайта шомылыўда жақпайды.
Жан-тәнинде шүлдир-шүлдир сөйлейди,
Телефоннан басқа затқа бақпайды…
Мениң балалығым өсти далада,
Қумларда ойнадым кешип дизеден.
Қум пайдалы деп айтады балаға,
Тери кесели жоқ соннан сеземен…
Тери кесели жоқ соннан сеземен,
Инсан сол топырақтан жаралған дейди.
Сулыўлықты соннан шығар безеген,
Деген ойлар гейде мийимди жейди…
Деген ойлар гейде мийимди жейди,
Умытылмас балалықта шадлықлар.
Ўақыт инсан ушын сынаўда екен,
Демде өткен, ойнап атыр ақлықлар…
Демде өткен, ойнап атыр ақлықлар,
Сырға толы ирке алмайсаң ўақытты.
Кеше бала барар, бүгин жуплықлар,
Қолым жайып мен тиледим бахытты…
Өмир демде көрсетеди кәрамат,
Сен ўақытты алалмайсаң жылаўлап…
АНАЖАНЫМ КӨЗЛЕРИҢДЕ БИР СЫР БАР
Әжимленген жүзлериңе қарасам,
Мийрим көзиң менен қарап турасаң ….
Өткен күнди айтпайсаң-аў, сорасам,
Анажаным көзлериңде бир сыр бар…
Жаслайыңнан қостарыңды жойттың ба?
Жоқлаў айтып жары жасқа қайттың ба?
Айралыққа арнап қосық айттың ба?
Анажаным көзлериңде бир сыр бар…
Гүлим дедиң мендей сулыў қызыңды,
Ақ сүтиңди ақлайжақпан дузыңды.
Ақтармадың ишки нама сазыңды,
Анажаным көзлериңде бир сыр бар…
Қанша мийнет көрдиң өткен өмирде,
Тапланған мийтиндей уқсап темирге.
Келди ўақтым узатылар дәўирге,
Анажаным көзлериңде бир сыр бар…
Таўсалмайман айтып ишке сыйғанын,
Ишке салып сырларыңды жаймадың.
Анажаным..бахытлыман сиз бенен,
Қутлықлайман бүгин үлкен байрамың…
Ана деген сөзде қуяшлы нур бар,
Аналардың көзлеринде бир сыр бар…
НЕ ЖЕТСИН
Бүгин миллий байрам тағамның күни,
Күнимиз қуўаныш шадлықта өтсин.
Көплеген адамлар билмейди буны,
Жүўери дәмине енди не жетсин!…
Қайнаған суў менен қарылса уны,
Жасаўды аналар бизге үйретсин.
Қымбатта еместей арзандай қуны,
Жүўери гүртикке енди не жетсин…
Мереке-тойларда қонақ күткенде,
Алғысын аламыз алдында көптиң.
Жүўери гүртикти салып кеткенде,
Бала-шаға шаўқымына не жетсин!…
Тасырлап қайнаған семиз қой төси,
Қонақлар ыразы рахмет дессин.
Табаққа үйилген май менен гөши,
Жүўери гүртикке енди не жетсин !…
Кесеге қуйылар сыңғырлап сорпа,
Мейли майлық пенен пиязда кетсин.
Байрамда отырың толсын бир орта,
Бул миллий байрамға енди не жетсин!…
Халқым бирлик пенен өткерсин байрам,
Бүгинги күнимиз кеўилли өтсин.
Бабалар қалдырған болмаңыз ҳайран,
Гүртик байрамына енди не жетсин!…
ӘРМАН ҚАНАТЛАРЫН КҮСЕЙДИ КЕЎЛИМ
Қыялым туўлайды теңиздей толқып,
Шағала сыяқлы пәл – пәллеп қалқып.
Көк гүмбез астында жүргендей шалқып,
Әрман қанатларын күсейди кеўлим…
Жаным арымағай жақсы тилектен,
Алтын сөзлер қайнап шыққан жүректен.
Тап таза сап еленгендей електен,
Әрман қанатларын күсейди кеўлим…
Ушсам түслеримде әлемди билсем,
Қос қумыры яңлы ойнасам күлсем.
Деймен таза ҳаўа аспанда жүрсем,
Әрман қанатларын күсейди кеўлим…
Сондай бостанлықты мен әрман еттим,
Талай искенжели сынақтан өттим.
Былғаншық турмыстан дым шаршап кеттим,
Әрман қанатларын күсейди кеўлим…
Налымайман бул дүньяның барына,
Ҳайранман мен кең дүньяның тарына.
Өсек, жалған жатыр бәри қарыла,
Әрман қанатларын күсейди кеўлим…
Тыныш кимсесиз бир атаўға жетсем,
Дүньяда төрт умман айланып өтсем.
Деген қыял екен оянып кетсем,
Әрман қанатларын күсейди кеўлим…

